суббота, 29 ноября 2014 г.

Қанша ўақыт уйықлаў керек?




Бул сораўға жуўапты пән еле анықлай алған жоқ. Бәрше ушын қоллаў мүмкин болған қағыйданың өзи жоқ сыяқлы. Бирақ, усы мазмундағы тексериўлер алымлар ушын да баскалар ушын да қызығарлы болыўы тәбийий. Япониядағы Нагои университети алымларының пикирине қарағанда, уйқы инсан саламатлығы ҳәм көп жасаўын тәмийинлеўде жүдә үлкен әҳмийетке ийе.
    
Алымлар Японияның 45 ўәлаятынан 110 мың адамды тексерип көрди. Буған көре бир суткада 6 сааттан 7.30 саатқа шекем уйықлайтуғынлар ең саламат адамлар екен. Егер кимде ким 4-5 сааттан кем уйықласа өз өмириниң 1,6 есеге қысқарыўына себепши болады екен.

Бул тексериўлердиң және бир кызықлы тәрепи бар. Олар көпшиликтиң тойып-тойып уйықлаў керек деген пикирге де қарсы. Себеби, 9-10 саатлап уйықлайтуғын адамлар өзлериниң өмириниң 1,7-1,8 есеге кемейтириўге себепши болады екен. Уйқыны жақсы көриўшилер арасында өлимниң жоқары екенлиги анықланған. Соны нәзерден қашырмаў керек, узақ уйықлаўшылар тийкарынан ден-саўлығы төмен адамлар екен.   

Нәтийже соны көрсетеди: сиз ушын әдет болып калған турмыс тәризиңизден ҳеш қашан шегинбең, уйқыдағы орныңыз өзгермегени мақул, сонда сиз ҳәз етип дем алыўыңызға болады, шаршағаныңыз да шығады. Сизиң қанша ўақыт уйқылаўыңызды болса организмиңдеги мүтәжлик шешеди. 

Жақсыбаева Зийўар
журналистика тәлим бағдарының 2-курс студенти