воскресенье, 18 января 2015 г.

Ҳаяллар ҳаққында ңакыл-мақаллар



  

Жигирма жасар қызды жигитлерден қорғаўдан гөре тышқанды пышықтан корғаў аңсатлаў.
француз мақалы
***
Ерлер үйди қурады, ҳаяллар-ошақты.
инглиз мақалы
***
Ҳаял саяға усайды. Өзиниң изинен ергенлерден  қашады, оннан узақлассаң кейнинен шабады.
***
Ер адам жасын жасырып, ҳаял болса жасырмай койған ўақытта қартайыўды баслайды.
Перу мақалы
***
Гөзаллық - тәбияттың ҳаялларға берген ең биринши саўғасы, ал ҳәзирги дәўирде қайтарып алған ең биринши нәрсеси.
Шили мақалы
***
Ҳаяллар күлгиси келсе күледи, бирақ қәлеген ўақытта жылайды.
Венесуэла
***
 Ҳаялдың шырайы безениўде емес, ақылында.

Өзбек xалық мақаллары
Бир қыз турмысқа шықса,
Қырық қыз түс көреди.
***
Уллы үй - периште,
Қызлы үй - азада.
***
Ана менен бала - гүл менен  лала.
***
Анаңды Қуяш билсең,
Әкеңди ай бил.
***
Ананың кеўли балада,
Баланын кеўли далада.
***
Ҳаялдың азадасы – шанарақтың периштеси.
***
Ақыллы хаял ерин бай етеди.
Ветнам мақалы
***
Бир жақсы кыз еки жаман баладан абзал.
Абxаз мақалы
***
Ерине қараб гезлемеге, хаялына қарап ерине баха береди.
Япон мақалы

 Ҳикметлер
Қудай еркекти жаратқанда оған күшин, қуўатын. Ҳаялды жаратканда болса мехир-муҳаббатын сарыплаған.
***
Ҳаял болмағанда өмир жасаўға арзымас.
***
Ҳаял қүлсе, әлем күледи
***
Гөззал болмаған ҳаял жоқ, лекин ҳаялды гөззал ете алмайтуғын некелер көп.


Жақсыбаева Зийўар
журналистика тәлим бағдарының 2-курс студенти





ҚЫЗЫҚЛЫ МАҒЛЫЎМАТЛАР. Мәмлекетлер ҳақкында



Айтыўларына қарағанда адамлар ислейтуғын ақмақлықлардың шегарасы жоқ екен. Басқа мәмлекетлерде қандай затлардың қадаған етилгенлигин билиў арқалы буған исенимиңиз артады. Мәселен, Қытайда суўға кеткен адамды қутқарыў қадаған етиледи. Себеби, бул оның өмирине арасыўдай гәп екен.

Ал, Белорусияда қыс паслында айыўларды сүўретке алыў ушын уйқысынан оятыў қадаған етилген.

Хош кейпиятлылық инсан саламатлығына пайдалы. Бирақ күн даўамында инсан ҳәр қыйлы жағдайларға дус келип, гейде түскин кейпиятта журиўи де мүмкин. Буның алдын алыў ушын Германиядағы белгили компаниялардан бириниң баслығы өз хызметкерлерине недендур арыз етиў ҳәм налыныўды қатаң түрде қадағалап қойған. Ҳәттеки жумыс пайтында қабақ үйип жүриўде мүмкин емес екен. Бул баслықтың ис-ҳәрекети бираз қопал ҳәм қатты қоллықтай көринсе де, инсанның өзи ушын пайдасы көбиректей түйиледи.

Жақсыбаева Зийўар
журналистика тәлим бағдарының 2-курс студенти

пятница, 12 декабря 2014 г.

Ҳаяллар ҳаққында афоризмлер



*** Xудонинг марҳамати билан оилани оила қиладиган зот - бу Аёлдир
Ислом Каримов
*** Ҳаял – бул бахытқа мирәтнама
Чарл Бодлер
*** Аналар тап полициядай – ең жаман нәрсени сезип турады.
Марио Пьюзо
*** Ҳәмме нәрсе инсан қолында, ал инсан ҳаял қолында.
Александр Фюрстенберг
*** Мен ушын Европаны урысып атырған бирнеше ҳаялды жарастырыўдан аңсатырақ болар еди.
Людовик XIV
*** Ҳаял болып туўылмайды, ҳаял болып қәлиплеседи.
Симона де Бувуар
*** Ҳаял патшалық қылады, бирақ басқармайды.
Дельфина Жирарден
*** Ҳаялларға илажы болғанынша жақсы мүнәсибетте болыўға ҳәрекет еттим.
Әмир Темур
*** Жақсы адамлар көбейсин десениз, жақсы аналарды көбейтиң.
Жан Пол
*** Миллет келешеги - аналар қолына.
Онаре Де Балзак
*** Оналарнинг оёғи остидадир
Равазаи жаннату жинон боғи.
Равзи боғи висолин истар эсанг
Бўл онанинг оёғин тупроғи.
Алишер Навоий
*** Ҳаял пидәйылық не екенлигин түсинип ғана қоймай. өзи пәдайылық үлгисин көрсетиўге таяр турған инсан.
И.Тургенев

*** Хаялды сүйип билмеген адам дүньяның ең гөззал сырларынан хабарсыз өтеди.
Стендал
*** Дана хаял! Егер күйеўиң барлык бос ўақтын сен ушын сарплаўын қәлесең, оған ҳеш жерде көрмеген, сезинбеген иззет-ҳүрметти, ләззетти инам ет.
Пифагор
*** Ерли-зайыплының жаны екеў, нийети биреў.
М.Сервантес
*** Жаңа туўылған нәрестениң жылағанын – косығын биринши болып еситетуғын шыпакерге ҳәўесим келеди.
Зулфия
*** Ана қәлби – ақыры көринбес әжайбатлар мәканы
П.Беранже
*** О, ананының таўсылмас мийрими! Сизиң саяңыз, ҳәтте нәренжан көлеңкеңиз де жүреклерде пәклеп, адамларды периштелерге мегзетип қояды.
Ч.Диккенс







суббота, 29 ноября 2014 г.

Қанша ўақыт уйықлаў керек?




Бул сораўға жуўапты пән еле анықлай алған жоқ. Бәрше ушын қоллаў мүмкин болған қағыйданың өзи жоқ сыяқлы. Бирақ, усы мазмундағы тексериўлер алымлар ушын да баскалар ушын да қызығарлы болыўы тәбийий. Япониядағы Нагои университети алымларының пикирине қарағанда, уйқы инсан саламатлығы ҳәм көп жасаўын тәмийинлеўде жүдә үлкен әҳмийетке ийе.
    
Алымлар Японияның 45 ўәлаятынан 110 мың адамды тексерип көрди. Буған көре бир суткада 6 сааттан 7.30 саатқа шекем уйықлайтуғынлар ең саламат адамлар екен. Егер кимде ким 4-5 сааттан кем уйықласа өз өмириниң 1,6 есеге қысқарыўына себепши болады екен.

Бул тексериўлердиң және бир кызықлы тәрепи бар. Олар көпшиликтиң тойып-тойып уйықлаў керек деген пикирге де қарсы. Себеби, 9-10 саатлап уйықлайтуғын адамлар өзлериниң өмириниң 1,7-1,8 есеге кемейтириўге себепши болады екен. Уйқыны жақсы көриўшилер арасында өлимниң жоқары екенлиги анықланған. Соны нәзерден қашырмаў керек, узақ уйықлаўшылар тийкарынан ден-саўлығы төмен адамлар екен.   

Нәтийже соны көрсетеди: сиз ушын әдет болып калған турмыс тәризиңизден ҳеш қашан шегинбең, уйқыдағы орныңыз өзгермегени мақул, сонда сиз ҳәз етип дем алыўыңызға болады, шаршағаныңыз да шығады. Сизиң қанша ўақыт уйқылаўыңызды болса организмиңдеги мүтәжлик шешеди. 

Жақсыбаева Зийўар
журналистика тәлим бағдарының 2-курс студенти

пятница, 10 октября 2014 г.

ҚЫЗЫҚЛЫ МАҒЛЫЎМАТЛАР Белгили шахслар ҳақкында



Билесиз бе, дүнья да Сиз билген ҳәм билмеген мағлыўматлар, ўақыялар жүдә көп. Әсиресе дүньяға аты белгили инсанлардың да ҳәм күшли, ҳәм әззи тәреплери болар екен.

Мәселен, дүнья жүзине белгили әскер басы Александар Македонский өзиниң 30 мыңнан зыят әскерлерин атпа-ат таныған.

Ингиз жазыўшысы Виржиния Вулф өзиниң көпшилик китапларын тик аяқта турып жазған екен.

Белгили физик алым Эйнштейн оқыўшы дәўиринде физикадан «2, ал математикадан «3» баҳасына оқыған.

Өзиниң намалары менен дүньяны лал қалдырған композитор Людвиг Ван Бетховен өмириниң ақырына шекем көбейтиў кестесин билмеген.


Жақсыбаева Зийўар
журналистика тәлим бағдарының 2-курс студенти