♨
Қандай аўқат яки затларды жақсы көрип
жейсиз? ♨
Егер сиз мазалы
затларды жқсы көретуғын болсаңыз сиз романтик инсан екенсиз. бурышлы затларды жақсы көрсеңиз
сиз-залым инсан екенсиз.
Ерин
Ерниңиз жиңишке
болса- Хыссыз, ихтияткер, ғайраткер
инсанлар болады.
Ерниңиз қалың
болса-көбинесе тәсиршең.
Егер ерниңиздиң
жоқары тәрепи жиңишке болса-исенимсизлик
ҳәм
ҳәмелпараз.
Жоқарғы ерниңиз
бираз алдыға түртип шыққан болса-бул
жақсы минезден ҳәм өз расаңызға маслығынан дерек.
Мурын
Узын мурын-өзиниң жақсы тәреплерин көрсетип бере алатуғын
инсанлар.
Орташа мурын- оптимист, ашық кеўил, сезимталлы
Қырғый мурын-душпанларынан өш алатуғын инсанлар.
Көзлер
Көзлери сулыў адамлар-жүзи ысықлығы менен ажыралып турады.
Көзлери жайнап турыўшы адамлар-ғайраткер, мийнеткеш адамлар.
Үлкен көзлери парлап турыўшы адамлар-ерке ҳәм файласуф
Қулақ
Қулақларыңыздың узынлығы қасыңыздың йамаса
мурынның узынлығы менен тең болса-
ьбаўры кең, бәрше жақсы минезге ийе инсанлар.
Үлкен ҳәм қатты қулақлар-ден-саўлығы жақсы ҳәм өмирлери узақ болады.
Қулағыңыздың жоқары тәрепи үлкенирек болса-күтилмеген жағдайға таяр қәбилет ийеси.
Қулақлары ушлы адамлар- жүдә аййар болады.
Қулақлары көзлеринен жоқарыда жайласқан
болса-ақыллы, мақтаўға илайықлы
инсанлар.
Қулақлары көзлеринен төменде жайласқан
болса- орта минезли
Жақсыбаева Зийўар
журналистика тәлим бағдарының 2-курс
студенти
