четверг, 25 сентября 2014 г.

Минезиңиз қандай?



Қандай аўқат яки затларды жақсы көрип жейсиз?
Егер сиз мазалы затларды жқсы көретуғын болсаңыз сиз романтик инсан екенсиз. бурышлы затларды жақсы көрсеңиз сиз-залым инсан екенсиз.
Ерин
Ерниңиз жиңишке болса- Хыссыз, ихтияткер, ғайраткер инсанлар болады.
Ерниңиз қалың болса-көбинесе тәсиршең.
Егер ерниңиздиң жоқары тәрепи жиңишке болса-исенимсизлик ҳәм  ҳәмелпараз.
Жоқарғы ерниңиз бираз алдыға түртип шыққан болса-бул жақсы минезден ҳәм өз расаңызға маслығынан дерек.
Мурын
    Узын мурын-өзиниң жақсы тәреплерин көрсетип бере алатуғын инсанлар.
    Орташа мурын- оптимист, ашық кеўил, сезимталлы
    Қырғый мурын-душпанларынан өш алатуғын инсанлар.
Көзлер
    Көзлери сулыў адамлар-жүзи ысықлығы менен ажыралып турады. 
    Көзлери жайнап турыўшы адамлар-ғайраткер, мийнеткеш адамлар.
    Үлкен көзлери парлап турыўшы адамлар-ерке ҳәм файласуф
Қулақ
    Қулақларыңыздың узынлығы қасыңыздың йамаса мурынның узынлығы менен тең болса- ьбаўры кең, бәрше жақсы минезге ийе инсанлар.
    Үлкен ҳәм қатты қулақлар-ден-саўлығы жақсы ҳәм өмирлери узақ болады.
    Қулағыңыздың жоқары тәрепи үлкенирек болса-күтилмеген жағдайға таяр қәбилет ийеси.
    Қулақлары ушлы адамлар- жүдә аййар болады.
    Қулақлары көзлеринен жоқарыда жайласқан болса-ақыллы, мақтаўға илайықлы инсанлар.
    Қулақлары көзлеринен төменде жайласқан болса- орта минезли


Жақсыбаева Зийўар
журналистика тәлим бағдарының 2-курс студенти
 

Комментариев нет:

Отправить комментарий