пятница, 19 сентября 2014 г.

ҚЫЗЫҚЛЫ МАҒЛЫЎМАТЛАР. Сәнелер



Инсан дене ағзаларының бири болған кирпик ҳәр 100 күннен жаңаланып турады екен.

Бир миллярд секунд 32 жылға тең.

Бир жылда 365-366 күн бар деп есапласақ, бир жылда 52 ҳәпте болады.

Дүньяда жақсы раўажланған 4 жаслы бала бир күнде 400-ден артық сораў береди екен.

Биз ҳәм Сиз сүйип тамаша ететуғын мульфильм қаҳраманы Микки Маустың ойлап табыўшысы Уолт Дисней ҳаслында өзи тышқанлардан жүдә қорықатуғын болған.

Көр ямаса соқыр болып туўылған киси операция жәрдеминде көретуғын болса, бираз мүддетке шекем әтирап-дүньяны кери ҳалында көреди. Кейин ала ўақыттың өтиўи менен нормал ҳалатта көретуғын болады.

Пиллер өз досларына мпҳрибанлиқ сезимлерин мурынлары арқалы билдиреди екен.
Чипполина ҳәм Желсомино сыяқлы қаҳарманларды дүньяға келтирген Италиялы Жанни Родари екен.
Футболда бир ойында еки топ киритилсе-дубл, үш топ киритилсе-хеттрек, төрт топ киритилсе-покер, бес топ киритилсе-флеш делинеди.


Жақсыбаева Зийўар
журналистика тәлим бағдарының 2-курс студенти

Комментариев нет:

Отправить комментарий